Понедельник, 20.05.2024, 06:18
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » Архив материалов

Бул анекдотты билмейтуғын адам аз болса керек. Сол ушын оны қайталап айтып отырмайман…

Өткен сапары «Сенсация» рубрикасы астында жәриялаған материалымызды көпшилик оқыпты. Усы күнлери электрон почтама келип атырған хатлардың изи көринетуғын түри жоқ. Олар бири-биринен қызық, бири-биринен мазмунлы, бири-биринен өтемен дейди.

«Сиз жаңа бир ис баслап атыр екенсиз. Оң болсын. Мениң ойымша, бундай жумысты сиз айтқандай коррупционерлердиң дизимин жәриялаўдан басламаў керек. Оның орнына жумбақтан баслаў керек. Мен сизге базы бир жасы үлкенлердиң нызамсыз салып қойған жайларының, дүкан, ресторанларының, теплица-меплицаларының сүўретин жиберемен. Конкурс жәриялаң. Егер кимде ким сол мүлк ийесиниң аты-жөнин дурыс тапса, сыйлығын өзим беремен…» деп жазыпты өзин Өсер деп таныстырған Кегейлиши бир достымыз.

«Быйыл және салы егиўге рух ... Даўамы>>>

Просмотров: 836 | Добавил: kkreporter | Дата: 14.06.2011 | Комментарии (0)

Биз жақында Қарақалпақстан, ҳәтте Өзбекстан көлеминде көпшиликтиң дыққатына сазаўар боларлықтай мағлыўмат тарқатпақшымыз.

Соңғы ўақытлары айырым веб-сайтларда «Өзбекстанда сөз еркинлиги шекленген», «журналистлер ҳақыйқатты жаза алмайды», «…қуўдалайды» деп жазылып киятырғанынан хабарыңыз болса керек. Биз өзимиздиң ҳәрекетлеримиз бенен бул пикирлердиң жалған екенин дәлиллемекшимиз.

Ол ушын көп таярлық көрдик. Үйрендик, излендик. Алып барған журналистлик изертлеўлеримиз барысында көп нәрселерден хабар таптық, қызықлы мағлыўматлар топладық. Оны тарқатыў информация әлеминде «бомба» жарған менен барабар болатуғынына толық исеним арттырдық.

Күтиң! Ғапылда қалмаң, жақын күнлерде Қарақалпақстан Республикасы аймағында Президент пәрманлары ҳәм ҳүкимет қарарлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, ҳәрекеттеги нызамларды бузып, ... Даўамы>>>

Просмотров: 549 | Добавил: kkreporter | Дата: 06.06.2011 | Комментарии (1)

ямаса және сөз еркинлиги, төртинши ҳәкимият ҳәм интернет тармағы туўралы бизиң дегенлеримиз
 
Бизиң интернет тармағындағы, анығырағы UZ домениндеги веб-сайтымызды ғалаба хабар қуралына айландырмақшылығымызды еситкен оқыўшыларымыздан көплеп хатлар алып атырмыз. Олардың айырымлары тек тилек билдириў менен шекленбестен, базы биреўлери өзлерин қызықтырған сораўлар берипти. Гей бир оқыўшыларымыз мәсләҳәтлер берип, егер биз интернет-газета сыпатында жумыс басласақ өзлериниң оның ең актив хабаршылары болажағын айтып жазыпты.

Булардың барлығы қуўанышлы, әлбетте. Ўақтын бөлип хат жазып, пикир билдирип ... Даўамы>>>
Просмотров: 580 | Добавил: kkreporter | Дата: 22.05.2011 | Комментарии (1)

Электрон почтамды ҳәр күни тексерип тураман. Келген хатларды оқып шығып, илажы болғанынша ийелерине жуўап жазыўға ҳәрекет етемен. Соңғы күнлери олардың қатары көбейди.

Кореяда жасап ҳәм мийнет етип атырған Атабекке, Америкадан, Ирландиядан ҳәм Канададан турып хат жазып атырған басқа бир қатар досларыма шын жүректен миннетдаршылық билдирмекшимен. Жасы үлкен, жасы киши жерлеслеримизге де рахмет.

Мениң дыққатымда мына бир хат тартты. Онда хат авторы: «Абайлы бол, дәслеп жақсылап мақтап, сыйлықлап кейин ишиңди апармасын…» деп жазыпты. Буннан сәл алдында және бир «достымыз»дан да усы мазмундағы хат алған едим.

Бул мениң жақында «Алтын қәлем» сыйлығына ылайық деп табылғанлығымды нәзерде тутып айтылған гәплер болса керек, әлбетте. «Бес бармақ бирдей емес» дегени усы болса керек-тә. Әтираптағы өзгерислерге тек гүман м ... Даўамы>>>

Просмотров: 541 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.05.2011 | Комментарии (0)

Түрли себеплерге байланыслы интернеттеги «жумысларымыз» бираз иркилип қалды. Өткен сапарғы өзимизди қутлықлаўларға байланыслы миннетдаршылығымызды есапқа алмағанда ҳеш нәрсе жазбаппыз.

Электрон почтама келген хатлар менен де танысып шықтым. Айырым хатларды айтпағанда, тийкарынан олардың да көпшилиги қутлықлаўлар. Сол ушын маған хат жазып жыллы тилеклер билдиргенлерге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Солай етип, буннан кейинги жумысларымыз жөнинде бас қатырып көриўге туўра келмекте. Бизден оқыўшымыз нелерди күтпекте? Әлбетте елимизде алып барылып атырған реформалар бойынша ашық-айдын мағлыўматлар екени анық.

Биринши гезекте жумысты усы реформалардың саррас турмысқа ендирилиўине билип-билмей қарсылық көрсетип атырғанлар туўралы мағлыўматлар топлаўдан басламақшыман. ... Даўамы>>>

Просмотров: 549 | Добавил: kkreporter | Дата: 16.05.2011 | Комментарии (0)

 «Алтын қәлем» VI Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўында 1-орын алғаным менен қутлықлағанларға миннетдаршылық ҳәм усы мүнәсибет пенен дегенлерим
 
Хабарыңыз бар, «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда биз интернет журналистика номинациясы бойынша 1-орынға ылайық деп табылдық. Оны тапсырыў салтанаты Ташкентте болып өтти. Шөлкемлестириўшилерге қайыл қалдым, ҳәмме нәрсе кеўилдегидей, жоқары дәрежеде уйымластырылған. Сол ушын да, оларға шын жүректен ми ... Даўамы>>>
Просмотров: 595 | Добавил: kkreporter | Дата: 15.05.2011 | Комментарии (0)

Интернет тармағына кирип «келгенимизге» енди ғана еки жыл болды. Бул ўақыт ишинде излендик, үйрендик…

UZ доменинен веб-сайт аштық. URL адреси http://www.kkreporter.uz деп аталады. Оны ашаман дегенше де басқа проектлерде өзимиздиң блогларымызды жүргиздик. Олар ҳәзирде ислеп тур. Олардың көпшилиги өзиме де унайды. Әсиресе усы UCOZ проектиндеги блогимиз бенен Blog.com дағы блогларымызды усы қатарға киргизсем болады.

Блоггерлик пенен дәслепки ўақытлары тек ғана ўақыт өткериў ушын шуғыллана баслаған болсам, кейин ала оған деген қызығыўшылығым артып барды. Профессионал блоггерлердиң тарийхы ҳәм мийнетлери менен таныстым. Интеренет журналистикасы туўралы мағлыўматларды излеп таптым.

Веб-сайтымд ... Даўамы>>>
Просмотров: 521 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.05.2011 | Комментарии (3)

Өткен сапарғы «Ҳақыйқатқа айланған мыш-мышлар…»ымызды оқыған оқыўшылардан электрон почтамызға бир талай хат келди. Көпшилик бундай «хабарларға» ҳәўесек болып-ақ жүрген екен. Олардың кими бизди мақулласа, айырымлары «сизлер негедур бундай ўақыялар жөнинде судтан кейин жазасыз, соған шекем қаяқта едиңиз?» деп өкпе-гийнесин де билдирипти.

Мойынлаўымыз керек, бизлер еле турмысымызда орын алып атырған ҳәр қыйлы ўақыя ҳәм ҳәдийселер туўралы оператив мағлыўматлар тарқата алмай атырмыз. Болмаса бундай «жаңалықлар» жоқ емес. Оның үстине, кейинги пайытлары ҳуқық қорғаў уйымларының бюрократлық, дәмегөйлик ҳәм көзбоямашылықлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша алып барып атырған әмелий жумыслары жақсы нәтийжелер берип атыр.

Гәп және солар жөнинде оператив мағлыўмат тарқатыў мәселесине барып тақалмақта. Сыр емес, ҳ ... Даўамы>>>

Просмотров: 526 | Добавил: kkreporter | Дата: 22.04.2011 | Комментарии (1)

ямаса бир жынаят иси бойынша шығарылған ҳүкимди оқып болғаннан соңғы ойлар
 

«Еситтиңиз бе, пәленше қамалыпты…» десетуғын еди көпшилик бул хабардың жаңа шыққан күнлери. Ал оны еситкен адам болса албырап, жән жағына қарап, төбесинде дөнип турған қәўип жоқлығына исеним ҳасыл қылғаннан кейин барып: «Рас па екен? Оған қосып басқа ҳеш кимди қамамап па?» деп сыбырласып жүрди…

Расымды айтсам, мен де биринши мәрте еситкенде Бахыт Муртазаевтың қамаққа алынғанына исенген жоқ едим. Себеби оның алдында бурын өзим таныйтуғын, жасыратуғыны жоқ, республикада абырай-итибарға ийе жигитлердиң де қамаққа алын ... Даўамы>>>
Просмотров: 984 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.04.2011 | Комментарии (5)

Кеше бир танысымды ушыратып қалып едим. Ол кәсип-өнер колледжлериниң биринде сабақ береди. Жаман жигит емес. Тек минези сәл тиклеў. Сол ушын болса керек ерсили-қарсылы сөйлеп сала береди. Кеўлиңе де қарап отырмайды.

- Сизге ҳайран қаламан,-деди ол бетиме тик қарап турып. –Интернетте жазып атырғанларыңды биреўлер оқып атыр (ол мениң веб-сайтымды нәзерде тутпақта-автор) деп ойлайсаң ба? Оқымайды. Көпшиликтиң оған мүмкиншилиги жоқ болса, имканияты барлар интернет деген нәрсени түсинбейди. Гейде бир муғаллимлер «сондай-сондай, маған сол сайтты ашып бересең бе?» деп өтиниш етип қалады. Ашып беремен. «Даўамы…» деген жерди басып, таза бет ашып оқыўды да билмейди ғой. Исенесең бе? Солар балаларды оқытқаннансоң…

-Қәнигелиги басқа, компьютерге қатнасы жоқ шығар?

-Гәп онда емес. Олар оқыўшыларға сабақ береди. Сол темаларда лекц ... Даўамы>>>

Просмотров: 623 | Добавил: kkreporter | Дата: 16.04.2011 | Комментарии (0)

« 1 2 3 4 5 6 »