Понедельник, 20.05.2024, 09:44
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » Архив материалов

Мениң ол туўралы жазғым келмеген еди. Лекин, оның өзим менен хошласып атырып айтқан сөзлери маған тынышлық берер емес. Жатып ойланаман, турып ойланаман. «Неге ол маған солай деди екен?» деген саўалға жуўап таба алмай-ақ қойдым…

…Еки күн бурын бир танысымнан «жоқары оқыў орынларына бакант орынлар ушын (түрли себеплерге бола оқыўға келмей қалған студентлердиң орынларына) балаларды қабыл етип алып атыр екен?» деген хабарды еситип жоқары оқыў орынларын айланған едим. Айырым жуўапкер қанигелер менен ушырасып, олардан, ҳақыйқатында да, бундай жумыслар жүрип атырғанын анықладым.

Мен оны (атын айтқым келмей отыр, сол ушын «мистер Х» деп атағаным мақул болар) сол күни ушыратып қалған едим. Ол сәлем әликтен кейин, мениң усы, жеке сайтым туўралы гәп ашып қалды.

-Сайтыңызға кирип көрген едим, расымды айтсам, ... Даўамы>>>

Просмотров: 565 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Бизиң халқымызда бурыннан-соңлы «суўдың да сораўы бар» деген даналық гəп бар. Ол мəзи айтылмаған. Бирақ оның шын мəнисин уққан уғып, уқпаған уқпай-ақ өтип кетеберетуғын қусайды-аў…

Абайлаған болсаңыз, соңғы ўақытлары бизиң республикамыз аймағында ҳəрекет етип турған ғалаба хабар қуралларында айырым лаўазымлы адамлардың қылмыслары ашық жазыла баслады. Анығырағы, газеталарда олардың нызамсыз ҳəрекетлери туўралы тийип-қашып болсада сөз етилмекте. Жəрияланған материалларда сол шахслардың өзлери ийелеп турған ҳəмеллеринен пайдаланып нызамсыз жоллар менен көп муғдардағы мəмлекет ҳəм жеке пуқаралардың мал-мүлкин талан-тараж еткенликлери туўралы гəп барады. Соған қарағанда, сол биз жоқарыда айтып өткен, халық данышпанлығын писент етпей, оның маңызын шаға алмай жүргенлердиң «сораўға» жуўап беретуғын ўақты жетип келген көринеди.

Əлбетте, бул жерде мен сол басылымларда жə ... Даўамы>>>

Просмотров: 820 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Мениң ушын бул сораўға жуўап табыў аңсат болмаса керек. Неге дегенде, өзим де усы тараўда ислеймен, анығырағы, сол басылымлардың оқыўшыларды өзине тарта алмай атырғанына белгили дәрежеде жуўапкер журналистлердиң биримен... Қарап турсаң бәри орны-орнында. Газеталар ўақтында шығып тур. Әп-әнедей мақалаларда берилип атыр.

Бүгинги оқыўшыны қандай темалар қызықтырады? Олар газета арқалы қандай мағлыўматлар алғанды қәлейди? Өзлери анаў яки мынаў мәселеге көзқарасын билдиргиси келе ме? Булар биз ушын қараңғы. Себеби бул бойынша жақын арада қандай да бир сораўнамалар өткерилипти дегенин еситпедим. Оған бас қатырып отырғанларда болмаса керек. Өйткени, бүгинги қарақалпақ журналистикасында усындай бир кейпият сезиледи.

Дурыс, ўақты-ўақты менен устаз журналистлердиң мазмунлы, мәнили, қызығарлы мақалалары жәрияланып турады. Олар шекленген. Ал қалғанларымыз өзлеримизди
... Даўамы>>>

Просмотров: 642 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Интернетте блоглер ашып, күнделик жазатуғын болғаннан кейин электрон почтамызға хат жазыўшылардың саны көп. Мен оларды дерлик ҳәр күни оқыйман. Адреси: kkreporter@mail.ru  Олар дүньяның түрли мәмлекетлеринен, түрли миллеттиң ўәкиллеринен келеди. Илажы болғанынша жуўап бериўге ҳәрекет етемен.
Жақында қызық бир ўақыя жүз берди. Почтамды ашсам маған BANK PNB PLC тен (Банк PHB требование) деген темада хат бар екен. Оқып көрдим ҳәм өзимди бир сәтке милионерлердей сезиндим. Неге дегенде менен мына мазмундағы хат алған едим-дә.

CONTACT US
BANK PHB Head Office Address
Plot 707 Adeola Hopewell Street, Victoria Island, Lagos.
Tel: +2348039452882 to 4617350
Email: phbcustomerrelations@gmail.com
phbcustomerrelation@yahoo.com
OFFICE OF THE TRANSFER OPERATIONAL MANAGER

ВНИМАНИЕ: победитель,
П ... Даўамы>>>

Просмотров: 558 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Есиңизде болса, биз жеке сайтымызды ашқанлы берли бир емес, бир неше мəрте бе интернет туўралы сөз еттик ҳəм өз пикирлеримизди билдирдик.

Жасыратуғыны жоқ, олар бойынша электрон почтамызға келген хатларды оқып қайыл қалмадық. Өйткени, ол жерде бизиң адресимизге де бир талай «жыллы» гəплер айтылыпты. Ҳəтте, бир хат авторы бизди «қарақалпақта адамларды интернет оқыйды деп ойлап жүргениңе қарағанда қыялпаразлардың ушабасына шыққан қыйлымысаң деймен…» деп, қатырып сөгипти.

Өткен күни жумыстан қайтып баратырып бир топар студентлер менен жол жөнекей сөйлесип келдим. Олардың дерлик барлығы (7-8 бала бар еди-автор) компьютерге қызығар екен.

-Сизиң сайтыңызға кирип тураман, жаман емес,-деди олардың мени таныйтуғынларының бири. –Бирақ соңғы ўақытлары жаңаламай кеттиңиз ғой? Оқыўшыларыңызды ойламайсыз ба?

-Жумыслар баса-бас, қол тиймей атыр, иним. К ... Даўамы>>>

Просмотров: 579 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Кеше жумысқа баратырып жаслар газетасында ислейтуғын бир кəсиплесим менен жолдас болдым. Ол жүдə ашық кеўил, не ойласа соны бетиңе айта салатуғын жас журналистлердиң бири.

Бир-еки жыллықта ол «Жылдың ең белсенди журналисти» деп тəн алынған еди. Сонда ол компьютер менен сыйлықланды. Соннан берли тез-тез интернетке кирип туратуғын көринеди.

-Кеше веб-сайтыңдағы жазғанларыңды оқып көрдим. Барлығы дурыс. Бирақ бизлерде интернетти көпшилик оқый бермейди. Сол ушын сол мəселелерди тезирек газетаға алып шығыўың тийис,-деди ол.

-Соңғы мағлыўматларға қарағанда республикамызда интернеттен пайдаланатушылардың саны 6 миллионнан асып кетипти. Ал дүнья жүзинде мағлыўмат тарқатыў бойынша интернет биринши орынға шықты…

-Дурыс, оған гəпим жоқ. Бирақ бизде, мениң ойымша, сениң жазғанларыңды тийисли адамлар оқымағанша пайдасы жоқ. Ал олардың интернеттеги қан ... Даўамы>>>

Просмотров: 730 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Бизиң блогимизге хош келипсиз! Интернет берген мүмикиншиликлерден кеңнен ҳәм өнимли пайдаланыў ушын ҳәр қашан излениўде болыўымызға туўра келеди. Мине биз өзимиздиң және бир блогимизди ашып отырмыз. Бул жерге тез-тез кирип турсаңыз бизиң күнделигимиз бенен танысып барасыз.

Сондай-ақ бизиң интернеттеги http://www.kkreporter.uz деп аталатуғын персонал веб-сайтымызға кирип, бизиң мийнетлеримиз бенен танысыўыңызға болады. Болмаса http://kkreporter.livejournal.com деп аталатуғын Живай журналдағы ( ЖЖ) блогимизге кирип көриң. Егер биз бенен буннан да жақынырақ танысқыңыз келсе
http://kkblogger.ucoz.org , http://kkreporter.blogspot.com ссылкаларына (силтемесине) басып, ucoz ҳəм blogspotcom дағы ж ... Даўамы>>>

Просмотров: 490 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Мине биз бүгин сиз бенен интернеттиң жаңа бир тармағында ушырасып отырмыз. Жаңа блогимизди ашыўдан мақсет досларымыз бенен кеўлимизде жүрген гәплер менен ортақласыў. Анығырағы, күнделик гәплерди хатқа (эл.варианты нәзерде тутылмақта-автор) түсириўден ибарат.

Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары турмысымызда көп өзгерислер болып атыр. Жаңалықлар көп. Әсиресе, өзим ислеп атырған «Еркин Қарақалпақстан» газетасында бир қанша өзгерис ҳәм есте қаларлық ўақыялар жүз берди. Газетамыздың юбилейин өткердик. Газетамыздың веб-сайты кирилде ашылатуғын болды. Адреси:(http://www.erkinkk.kr.uz) кирип көриўиңиз мүмкин. Алдағы ўақытлары Қарақалпақстандағы ең белгили сайтлардың бирине айланыўынан үмитимиз бар.

Дурыс, бизиң UZ доменинде де блогимиз бар. Адреси: (http://www.kkreporter.uz ). Оны биз келешек ... Даўамы>>>

Просмотров: 560 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

« 1 2 3 4 5 6