Понедельник, 20.05.2024, 11:01
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » Архив материалов

Арамызда «Өзбекстан бойлап коррупцияға қарсы гүрес даўам етпекте» деген темада интернет материалларын оқып жүргенлеримиз көп. Бул жағдайдың, ҳақыйқатында да, турмысымызда жүз берип атырғаны ҳеш кимге сыр емес.

Соңғы еки-үш жыл ишинде тек Қарақалпақстан Республикасының өзинде онлап парахор, дәмегөй, көзбоямашылардың нызамлы түрде жазаланғаны бар гәп, бар жағдай. Олардың арасында түрли дәрежедеги адамлар бар: ҳәким орынбасарлары, айырым минстрликлердиң жуўапкер қанигелери, ири кәрхана басшылары, прокурор, бажыхана, салық хызметкерлери,-қулласы, санап-санағына жетиў қыйын…

Лекин, айырым сол «айыплы деп табылып», айлар, жыллар даўамында тексерилген (тергеўде болған демекши едим-автор) лаўазымлы шахслардың кейинги гезлери өз лаўазымларын қайта ийелеп отырғаны, ямаса басқа қандай да бир (бурынғы ... Даўамы>>>

Просмотров: 553 | Добавил: kkreporter | Дата: 15.04.2011 | Комментарии (0)

Усы жерде жәриялаған «Қызықлы усыныс»ымды оқыған жоқары оқыў орынларының биринде оқыйтуғын Студент исмли достымыз (Мен оны усылай атағанды мақул көрип отырман, себеби ол өзиниң толық аты жөнин көрсетип жазыпты, бирақ оны анық келтириўимди яки келтирмеслигимди айтпапты-автор) жоқары оқыў орынларындағы өзгерислер туўралы толығырақ мағлыўмат бериўимизди сорапты.

Республикамыз аймағында жайласқан айырым жоқары оқыў орынларының басшыларының өзгергени бар гәп. Бирақ биз ҳәзирше олардың қандай себеплерге байланыслы өзгергенин анық билмеймиз. Мыш-мышларға қарағанда…

Абайлаған болсаңыз сизлерге таныс сөзлер емес пе булар? Биз бундай өзгерислерден тек мыш-мышлар арқалы ғана хабар табатуғын болып қалғанбыз. Сол жердеги баспасөз орайы хаткерлери қайда, жаңалыққа жаны қуштар журналистлеримиз қайда?..

Азан менен жумысларды сол жерлерден басла ... Даўамы>>>

Просмотров: 528 | Добавил: kkreporter | Дата: 14.04.2011 | Комментарии (0)

Соңғы гезлери бизиң веб-сайтымыз бенен танысқан, электрон почтамызға тез-тез хат жазып туратуғын Қуўат исмли достымыздан келип түскен бир усыныс мени ойландырып қойды. Сол ушын мен сол достымыздың соңғы хатын сол турысына, ҳеш өзгертпестен, усы жерде жәрияламақшыман.

Ол: «Хурметли Бухарбай ага. Кеширерсиз мазанызды алып атырган болсам.
Сайтыныз унады, наконец-то нашлись люди, хоть как-то описывающие
ситуацию. "Парахорлар дамегойлер" деген болим де ашпайсыз ба? Кимнен,
кайсы парахор, канша сорап атырганлыгы, тырнакша ишиндеги хызметлери
канша екенлигин жактыландыратугын? Сайттын "кара бетинде" озлерин корип ойланбас па еди? Балким РФ нын басшылары интернет аркалы корип сол харамылардын жазасын берип атырганындай, бизлерде де табылмас па екен?
Парахорлардын ви ... Даўамы>>>
Просмотров: 785 | Добавил: kkreporter | Дата: 14.04.2011 | Комментарии (0)

Бизиң өткен сапарғы «Исбилерменге кимлер қолын созыўы керек?» атлы кеўил кеширмелеримизди оқыған, өзин Саўдагер деп таныстырыўды мақул көрген достымыздың блогимиздиң мини-чатында қалдырған сораўына (усы жердеги демекшимен) жуўап бермекши болып компьютерим алдына отырдым. Ойлап көрсем, таярлап атырған мақаламды газета бетлеринде жәриялаўға топланған материалларым еле жетерли емеске уқсайды.

Ол тийкарынан бизиң блогимиздегидей пикирлердиң газеталарда (жергиликли газеталарды нәзерде тутқан болса керек-автор) не ушын жәриялана бермейтуғынына қызығып қалыпты. Бул бир қарағанда аңсат сораў болғаны менен, егер тереңирек ойлап көрилсе, оның түрли, орынлы ҳәм онша орынлы болмаған себеплери бар…

Сол ушын достымызға ҳәзирше бундай пикирлерди оқып барғысы келсе бизиң блогимизге тез-тез кирип турыўын усыныс етемен. Соның менен бирге, айырым ... Даўамы>>>

Просмотров: 651 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.04.2011 | Комментарии (3)

Өткен сапары усы Ucoz проектинен блог ашқанымыз туўралы хабар еткен едик. Бүгин және досларымызға өзимиздиң бир неше жаңа проектлеримиздиң мәнзилин бермекшимиз.

Блоггерлик пенен шуғылланыўшылар ЖЖ деп аталатуғын проектен көбирек пайдаланғанды мақул көреди. Бул бираз абыройға ийе ҳәм танылған тармақ. Оның пайдаланыўшыларының саны бир неше миллионды қурайды. Сол ушын, биз бул тармақтан да бир блог ашыўды уйғардық. Оның URL адреси http://http://kkreporter.livejournal.com/ деп аталады. Қәлеўшилер кирип көриўи мүмкин.

Және бир «blog. сом» деп аталатуғын тармақтан ашқан блогимизде бар. Оның адреси http://http://kkreporter.blog.com/ деп аталады. Пайдаланыўға жүдә қолайлы. Излеп табыў мәселеси де бираз жеңил ҳәм қолайлы. Ал siteedit проекти улыўма жақсы нәрсе ... Даўамы>>>

Просмотров: 953 | Добавил: kkreporter | Дата: 28.03.2011 | Комментарии (0)

Мине елимизге Наўрыз әйямы кирип келди. Бәҳәр - жаңаланыў ҳәм жасарыў паслы.

Және бир жыл арқада қалды. Және бир жасқа улғайдық. Тарийих бетлериниң және бир жаңа бетин аштық. Көзди ашып жумғанша жас ҳәм нәўқыран республикамыз да он тоғыз жылды арқада қалдырып, жигирмаланшы жылдың есигин қақпақта.

…Турмысымызда көп итибарға ылайық өзгерислер жүз бермекте. Әсиресе, 2010 жыл 12-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисиндеги Президентимиздиң «Елимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў концепсиясы» деп аталатуғын баянатынан соң улыўма бизиң елимизде басланған өзгерислердиң изге қайтпаслығына және бир мәрте әмийин болдық.

«Өзбек модели» деп аталатуғын дүньяға танылған ҳәм тән алынған бас бағдарымыз өз нәтийжелерин бермекте. Биз жаңасын қурмай турып, ... Даўамы>>>

Просмотров: 578 | Добавил: kkreporter | Дата: 20.03.2011 | Комментарии (1)

«Жүрген дәрья…» дейди бизиң дана халқымыз. Ҳәр сапары хызмет сапарына шығып қандайдур қызық , я басқа бир есте қаларлық ўақыялардың гүўасы болған сайын бул гәптиң қаншалық терең мәни ҳәм мазмунға ийе екенлигин түсинип барар екенсең…

Өткен сәрсенби де Қоңырат районында хызмет сапарында болып қайттым. Редакцияның тапсырмасы менен Аўғанстан республикасына темир жол қурыўда жәрдемин тийгизип қайтқан қоңыратлы жол қурыўшылары менен ушырастым. Олар «Хайратон-Мазари Шариф» темир жол тармағын қурыўға қатнасқан. Олардан алған интервьюим «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бүгинги – шемби күнги санында басылып шықты.

Әлбетте, узақ жерге жол басып барғаннан кейин бир материал алыў менен шекленип қалмайсаң. Сол ушын мен дәслеп Қоңырат қаласы ишинде жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетиўдиң жағдайы менен таныстым. Районлық мәмлекетлик салық инспекциясында, ҳәкимиятта ҳәм ... Даўамы>>>

Просмотров: 1456 | Добавил: kkreporter | Дата: 08.03.2011 | Комментарии (0)

                 ӨЗБЕКСТАН ЖУРНАЛИСТЛЕРИНЕ АШЫҚ ХАТ
 

Ассалаўма әлейкум!

Бул хатты сизлерге қарақалпақстанлы әпиўайы бир журналист жазып отыр. Оны жазыўды болса маған ҳүжданым буйырды.

Гәпти узақтан айландырып отырмақшы емеспен. Сол ушын туўырыдан- туўры мақсетке көшкенди мақул көрип отырман. Жасыратуғыны жоқ, бүгинги күни дүньяда жүз берип атырған ўақыя ҳәм ҳәдийселер кимди болсада тәшўишлендирери турған гәп. Оннан биз, журналистлер жақсы хабардармыз. Лекин, солай болыўына қарам ... Даўамы>>>
Просмотров: 673 | Добавил: kkreporter | Дата: 23.02.2011 | Комментарии (3)

Илгериректе қайсы кəрхана, мəкеме, шөлкем басшылары менен сəўбетлессең де «мен жумысты азанда газета оқыўдан баслайман» дейтуғын еди. Енди болса олардың арасында «сизиң газетаңыз ҳəптесине неше рет шығады?» деп сорайтуғынлардың қатары көбейип кетти.

Жумыстың көплиги буған себепши болып атыр ма екен, я болмаса олардың əтираптағы өзгерислерге қызығыўшылығы төменлеп кеткенинен солай болып атыр ма екен? Мениң ойымша, екиншисин бул сораўымызға жуўап деп қабыл етсек туўырырақ болатуғын шығар.

Неге дегенде, айырым кəрхана басшыларын соңғы ўақытлары жумыс орынларынан табыў қыйын болып қалды. Олар қалтасына түскен бир-еки сум пулын көтере алмай, артындағы жумсақ жерин шаппатлап, «заман кимниң заманы, дəкеңлердиң заманы» деп ўақтын шағал-мəслик пенен өткериў ҳəрекетинде болмақта…

Соңғы ўақытлары қабыллаўына келгенлерге қопал қатнаста болыў, жəмəəт ағзаларын сөги ... Даўамы>>>

Просмотров: 604 | Добавил: kkreporter | Дата: 14.02.2011 | Комментарии (0)

Өткен ҳəпте Нөкис қаласы аймағында жайласқан «Қызкеткен» елатлы пунктине барғанымда, жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетип атырған 21-жөнелисте жол ҳақы баҳасын 600 сум етип қымбатлатып жибергенин (негизинде қала ишинде 500 сум) көргеним туўралы жазған едим. Бул тармақтағы «Жуўапкерсизлик…» туўралы айтылған пикирлеримиз жəрияланғаннан кейин, оған ким қандай реакция бериўин бақлап бардық. Жасыратуғыны жоқ, электрон почтамызға келген бир неше оқыўшымыздың хатынан бөлек, оған қандай да бир рəсмий қатнас болғанын еситпедик те, көрмедик те.

Буның жуўапкерсизлик екенин де, бийпарўалық екенин де түсине алмай ҳайранбыз. Қанша айтқан менен ол жерде Президент қарары талапларының орынланыўының үзилиске түсирилип атырған туўралы айтылған еди-дə…

Бүгин жумысларым болып сол тəрепке жолым түсти. Базар жай қапталындағы бəндиргиден 21-жөнелистеги «Дамас»лардың бирине ... Даўамы>>>

Просмотров: 619 | Добавил: kkreporter | Дата: 13.02.2011 | Комментарии (0)

« 1 2 3 4 5 6 »